⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕПТЕР

Қарақалпақша

ат. Сур түсли, көкшиллеў ямаса ақ, көк, ала түсли болып келетуғын кишилеў қус. Там басына шығатуғын зәңғиде бир кептер отыр, сол кептерди кемпир алып қоймастан бурын бар да басын жулып ал (ққ.х.е.). Топарласып жайылған таўықлардың әтирапына кептерлер, қумырылар жыйналды (Ж.Аймурзаев). Тынышлықтың, парахатшылықтың кептери — тынышлық, парахатшылық түсинигин билдиретуғын тымсалы, символы. Ушар көкте шеңбер жасап, Тынышлықтың кептерлери (И.Юсупов).