⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕПИНЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Өлген адамды суўға ендирип кийим кийиндириў, жуўындырып кийим кийгизиў. Усы булақтың бойына ақ жуўып, арыў кепинлеп, өз қолымнан қойып, жалғыз өзим-ақ елиме қайтаман,... («Мәспатша»). Сен көрерсең көзден аққан жасымды, Кепинлерде қушақларсаң басымды («Қырқ қыз»). 0 Кепинлеп узатыў — аўыс. Өлген адамды арнаўлы кийимлер менен кийиндирип қойымшылықка жерлеў ушын шығарыў, шығарып жибериў. Мырза Сайым молдаларды шақырып, қара жерге арыў кепинлеп узатты («Қоблан»).