⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕП II

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсениң сыртқы қабығы, тысы. Күши кебине сыймай қырда болып атырған зулымлыққа, ҳақысызлыққа шыдамады,.... (Қ.Ирманов). Жылайман шерик деп, Халқыма серик деп, Жоқлайын барлығын, Болғанша денем кеп (Қ.Ирманов). 2. Қустың, үй хайўанлардың терисине топан тығып иеленген сүллери, формасы. Сыйырдың алдына саўар ўақытта баспақтың кебин әкелип қоятуғын еди (Б.Кербабаев).