КЕМЛИК
Қарақалпақша
ат. 1. Кемислик, мүкилик.
Ақылының кемлиги сөйлеген сөзинен көринип турыпты.
2. Жоқшылық, кембағалшылық, жарлылық.
Кемлик пенен нардай белим бүгилди, Тақымында қос қабырғам сөгилди («Мәспатша»).
3. Қапалық, муңлық, уўайымлық, қәстелик.
Сол себепли кемлик келип, жылап баратырман, — деди («Қоблан»).
Бунша не болды сорлы атам, Ақша жүзиң кемлик пенен сарғайып («Алпамыс»).
Саркоп қала еллериң, Бий болып өзиң сорадың, Кеўливде қандай кемлик бар («Қырқ қыз»).