⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕМЕ

Қарақалпақша

ат. Қайық, суўда жүзетуғын жүк ҳәм адам тасыйтуғын тахтайдан исленген суў транспорты. 1. Қудды динозавр қабырғасындай, Алыс сүллерине сүйендим узақ (И.Юсупов). «Кемеге мингенниң жаны бир» деген, Жолыңыз сол, демек, тәғдириңиз сол (И.Юсупов). 0 Кеме-кеме — көп кеме, сансыз кеме. Мүйтен деген неме-неме, Қақпашлары кеме-кеме, Тоқ болсаң уўылдырық жеме, Халық ушын туўылған Мүйтен (Бердақ). Кемеси қайырлаў — талабы келиспеў, иси оңға баспаў, қыры қашыў, иси жүрмеў. Мине усы ишиўшилиги арқалы жумыстан да босатылып, бир неше рет кемеси қайырлады (Қ.Айымбетов).