⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕЛТЕ

Қарақалпақша

кел. 1. Қысқа, узын емес; пәс, пәскелтек, кишкене. Ол өзи келте болғанлықтан кишкентай ғана бир атты сайлап алады (ққ.х.е.). Ертегим ерте болды, Қулағы келте болды (ққ.х.е.). ... өзи келте мойынлы жигит пе екен? (Қ.Ирманов). 2. аўыс. Кем, жеткиликсиз, пәмсиз. Ийнинде келте тон дизең жаппайды, Қатық ашшы, айранға мийриң қанбайды (ққ.х.е.). 0 Келте қуйрық — қысқа қуйрық. Келте қуйрықлар анасының изине ерип, қалың бүклердиң арасынан шықты (Ж.Аймурзаев). Келте салық — жеңиллетиленген салық. Ақылы келте — аўыс. ақылы кем, ақылсыз. Жасағанда қатынның ақылы келте, шашы узын («Қырқ қыз»). Келте қоныш — пәмсиз, ойсыз. 3. Диал. Аўырыўдың бир түри. Келте аўырыўынан турғандай түси (К.Султанов).