⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕЛИСТИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир мәмилеге келтириў, жарастырыў, маўасаластырыў, татыўластырыў, досластырыў. ... булар арасындағы даў-жәнжелди келистириўди мақул деп тапты (А.Бекимбетов). 2. Бежериў, қатырыў, баплаў, сазлаў. Төсинен пышақты салды, Келистирип қақ жарды («Мәспатша»). 0 Келистирип сөйлеў — сөзди жүйесине келтирип айтыў, қатырып айтыў. Бул сораўларға белгисиз жигит жуўқылдап сөйлеп, өтирик сөзлерди түйдеклеп келистирип сөйлеп жуўап берип отырды (Қ.Айымбетов). Исти келистириў — бир жумысты бежериў, орынлаў, орнына келтириў. Келер ме екен бизге Мурат, Келистирип исти курап (Бердақ). Келистирип урыў — сабаў, сазлаў. Мен молланың жумалықсыз барған балаларды уратуғынын есиме түсирип мени де бул сапары келистирип урады деп ойладым (Ә.Шамуратов).