КЕЛИСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир сөзге келиў, ўәделесиў.
Ўәдени қыздың айтқан ўақтына келисип, қол урысып тарқасады (ққ.х.е.).
2. Питимге, шешимге келиў.
— Сизиң менен былайынша келисейик, сиз күйип-жаныўды, жылаўды қойыңыз, ... (А.Бекимбетов).
3. Рийзашылық билдириў, көниў, көнлигиў.
Демек келискенбиз (А.Бекимбетов).
Буған Мәмбет те келисти (А.Әлиев).
4. Бир нәрсениң шақ болыўы, жарасыўы, үйлесиўи, бабына түсиўи.
Келбетиң келипти, аға, кеўлиң бай, Тулпарың да келисипти сайма-сай («Қырқ қыз»).
5. Пикир алысыў, ақылласыў, ойласыў.
Олар да Гүлайша менен Қалбайдың сөзине таңырқанбастан келисетуғынларын айтты (Т.Қайыпбергенов).
6. Келбетиниң, сымбатының жарасыўы.
Қараса сын-сымбаты келискен бир жас келиншек екен (ққ.х.е.).
7. аўыс. Бабы табылыў, ретин табыў, жөнин келтириў, жүйин келтириў.
... енди бақсы болмасам келиспес регевди айтады (Қ.Айымбетов).... душпаннан тайсалып жүриў маған келисе ме? (Қ.Ирманов).
0 Қәдди-қәўмети келисиў — сын-сымбатының жарасыўы.
Шопан қәдди-қәўмети келискен бир сүлиңгир жигит қәлпине келеди (ққ.х.е.).
Талабы келисиў — унамлы, иси жөнлесиў, оналыў, жөнлениў.
Балықшылардың талабы келисип, жылымдары майлана баслады (К.Султанов).
Талабы келиспеў — унамсыз, ислеген истеринен нәтийже шықпаў, бахытсызлыққа ушыраў, өмир бойы жоқшылықта, кемтарлықта болыў, азап-ақыретте жасаў.
Келиспей ҳеш бир талабым, Қайғыдан болды тойларым (Жийен жыраў).