КЕЛЕСИ
Қарақалпақша
р. Ендиги, алдағы.
Күн шыққанда жатып еди, келеси таңның алдына дейин жатты («Мәспатша»).
Қалғанлары болатуғын болса келеси жылы берерсең (А.Бегимов).
Бала атасының усы сөзи бойынша келеси күни қолына бир шелек суў алып жүзим бағына келеди (ққ.х.е.).