КЕЙИН
Қарақалпақша
қ.с. 1. Соң.
Лиза да Арзыўды билгеннен кейин шақалақ атып, суў шашты (Ж.Аймурзаев).
2. Из, арт.
Ол бирден кейин шегинди, ... («Жеткиншек» г.).
0 Кейин қайты — артқа қайтыў.
Ойнап-күлип көп ўақыт, Кейнимизге қайтайық («Қырқ қыз»).
Кейнине ертиў — изине, соңына ертиў.
Жумабай жолдасларын кейнине ертип жолға шықты, ... (Қ.Айымбетов).
Кейнине ертип биразын, Тана сойып сүйретти («Қырқ қыз»).
Кейин шегиниў — артқа қайтыў, кейин турыў.
Бир адым кейин шегинип, тип-тикке қақайып турды (Ә.Шамуратов).
Кейин қаймығыў — бирден кейнине қарап бурылыў.
Шербатшының оннан үриккен аты бирден кейин қаймықты (С.Айний).
Әллен ўақыттан кейин — арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, бираздан соң, кәң ўақыттан кейин.
Узақбаев әллен ўақыттан кейин Мәтекеге кәзиниң астынан қас-қабағы менен бир нәрсе деп ымлағандай болды (К.Султанов).