⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕГЕЙ

Қарақалпақша

ат. 1. Түри ақтерекке усаған болып, шақалап өсетуғын теректин бир түри. Олар шаршап бир түп кегейдиң көлеңкесине отырды (Б.Бекниязова). 2. Арбаның тоғыны менен гүпшегиниң ортасындағы тутастырып турған, бойы бир метрге шамалас, кегей ағашынан, теректен исленген буйымлар. Кегейлери, қаснақлары сынған (Н.Дәўкараев). Кегей тал, ақ сөкит аўылдың ортасынан бурқасынлап ағып турған арнаның еки бойы қатара ийилип турған мәжнүн тал (шығыр тал), алма ағашларының жапырақлары күнге шағылысып гүмис теңгедей жылтырап желбирейди (Г.Есемуратова).