ат. 1. Бир нәрсени ис жүзине асырыўдағы ишки сезим, зейин, тилек.
Кеўил сандық ашылмаса қызыл тил, Билинбейди халыққа адам данасы (А.Дабылов).
Ол кисиниң баўырманлы сести менин кеўлимди елжиретти (Ж.Аймурзаев).
2. Ой, қыял, пикир.
Йошып, кеўлим шадлық артып, Ақ қағазға қәлем тартып (Ш.Артық).
Сөз мәниси аўыр, изи түйық, қызғаншақлық Атамураттың кеўлин қыяға сүйреди (Ө.Айжанов).
0 Кеўил айтыў — өли болған үйге, жерге барып аяўшылықты билдириў, жубатыў.
Ҳәммениң ети түршигип, көзлерине жас алды, биреўлер ара-арасында жубатпақшы болып, кеўил айтып атыр (Ө.Хожаниязов).
Кеўил ашыў — кеўиллениў, кишипейиллик етиў, сақыйлық етиў, берилиў.
Үйге меҳман келсе, кеўил ашпаға, Әдепли-икрамлы уғыл-зат керек (Әжинияз).
Кеўил аўдарыў — нәзер салыў, ойлаў, қыяллаў.
Қоңсы-қобалардың гейпаралары Ромештиң қалыңдығына кеўил аўдара баслады (Р.Тагор).
Кеўил дәртке толыў — қайғы-уўайымға түсиў, дәртлениў.
Жолдан қыздан Палман жөнин сорады.
— Аға, айтпа! Кеўил дәртке толады (Ә.Шамуратов).
Кеўил талўас етиў — ҳәўижлениў, кеўиллениў.
Үргенчтен минип едиң Чаржаўға, Кеўлим талўас етти төмен қараўға (С.Нурымбетов).
Кеўли аспанда — жоқарыны ғөзлеў.
Атаң Мәжим палўан келген сексенге, Еле қыз айттырар, кеўли аспанда (С.Нурымбетов).
Ҳақ кеўили сезиў — ҳақыйқатлықты билиў, таныў.
Бираз аңлы болсаң сен де, Кеўлиң ҳақты сезер сениң (С.Мәжитов).
Кеўил бөлиў — нәзер аўдарыў, дыққат бериў.
Күнниң суўықдығына кеўил бөлип жүрген бир де колхозшы жоқ (Т.Қайыпбергенов).
Кеўил көтериў — шадланыў, кеўиллениў, ойнап күлиў.
Ҳәр ўақта кеўил көтериў, Ҳаялларға унайды екен (Бердақ).
Кеўли хош болыў — шадланыў, кеўиллениў.
Ал десе хош болар кеўили молданың, Бер десе тәрк етер ҳәмирин алланың (Қ.Султанов).
Кеўил бериў — дыққат аўдарыў.
Бул дүньяға кеўил берген, Өлмеймен деп қапыл жүрген (Бердақ).
Кеўил бөлерлик — дыққат бөлерлик, нәзер аўдарарлық.
Кеўилдиң сергий баслаўы — сергеклениўи.
Атканнан кейин кумары қанып, кеўили де сергий баслады (Ө.Айжанов).
Кеўил хошы — шадлығы, йошлығы, мәслиги.
Қәдди далы назлар менен, Кеўил хошы сазлар менен (Бердақ).
Кеўилхана — ишки сезим, дене.
Реҳим келип түр сениң налаңа, Себепкер боларман кеўилханаңа («Мәспатша»).
Кеўил бөлмеў — дыққат аўдармаў, нәзер аўдармаў.
Бийдәўлетлик жолларынан жүрмеди, Сабақтан басқаға кеўил бөлмеди (А.Дабылов).
Кеўли солыў — муңайыў, салпаўсыў, сиркеси суў көтермеў, сағы сыныў.
Халық жүреги қабарып қулпырып түрған кеўли солады (Қ.Султанов).
Кеўил дағы — әрман, күйик.
Кетпейди ҳеш кеўил дағы, Түси қара суўық екен (Бердақ).
Кеўил гирбиңи — өкпе-гийне, дық.
Ромеш пенен Хемнолина арасындағы кеўил гирбиңлери жоқ болып кетти (Р.Тагор).
Кеўли бузылыў — жыламсыраў, кемсенлеў, көзинен жас алыў.
Мине, достым! — деди кеўил бузылып, Көзден моншақ-моншақ жасы дизилип (Ә.Шамуратов).
Кеўилден шығыў — ойындағыдай болыў, қыялындағыдай болыў.
Кеўлиңнен шықса қаялың, Беҳиш гүлманына мегзер (Әжинияз).
Кеўли питиў — қанаатланыў.
— Көрдим, кеўлим питип қалды, — дедим Айымжамалға,... (Ө.Хожаниязов).
Кеўил қалыў — түнилиў, зейни қайтыў.
Заман қалай заман болды, Қарағай басын шортан шалды, Бириншиден кеўлим қалды, Жарық жолды излер едим (Бердақ).
Кеўилли түрде — жадыраў, жайнаў.
... капитан кеўилли түрде Султанбайға қарап күлимледи (А.Бекимбетов).
Кеўил сарай — ишки сезим, зейин.
Гүлистан кеўил сарайын, Қыс күнлери жазға мегзер (Әжинияз).
Кеўил жақын — дос, ярдос, сырлас.
Ол усы аўылда Қосыбайдың тил алғыш, кеўил жақын атқосшысы (Қ.Султанов).
Кеўлин алыў — жубатыў, алдастырыў.
Кеўлин алды бираз жайлап, Бундайды өзи талай көрген (Ш.Артық).
Кеўлин табыў — ойын билиў, ойынан шығыў, қанаатландырыў.
Усыншама балалардың кеўлин табыў деген және бар (Г.Изимбетов).
Кеўли тасыў — йошланыў, көтерилиў, мәс болыў.
Мергенлердиң кеўли тасты, Мәсләҳәт етип ойласты (Бердақ).
Кеўли ҳақ — дурыс, дүзиў.
Жигиттиң кеўли ҳақ, адамгершилиги басым болды, ... (Ө.Айжанов).
Кеўли шад болыў — йошлы, мәс, қуўанышлы.
Иси келискенниң кеўли шад болар, Жүректе ҳәр күни қуўаныш артып (Т.Сейтжанов).
Кеўли бәҳәр — жайнаў, жаўдыраў, тасыў.
Сөзи шийрин, бурымлары шыбық тал, Кеўли бәҳәр, ләби қаймақ, шыны пал (Т.Сейтжанов).
Кеўли бийқарар — өзгергиш, тайсалғыш, тартыншақ, натық, кескир емес.
Сол күнде толқып жүреги, Иши дәрт кеўли бийқарар (Т.Сейтжанов).
Кеўли кетиў — ықласланыў, зейни кетиў, нәзери аўдарылыў, ынғайы аўыў.
Полатқа кеўли кетеди, Өзине түскен мийрими.
Үстинде түрип кебеди, Көйлеги, ишки кийими (Б.Қайыпназаров).
Кеўли кеншимеў — ўақты болмаў, кумары тарқамаў, шыдамаў, қанаатланбаў, тынышсызланыў.
Барлық ғәлле атаўлысын дигирманға тартып қоймаса кеўли кеншимес еди (Ж.Аймурзаев).
Кеўли бөлиниў — қыял етиў, дыққат аўдарыў, зейни кетиў.
... балықшылардың турмысына көп кеўил бөлинеди... (Г.Есемуратов).
Кеўил қалыспа — өкпелесиў, гийне қылыў.
Ҳеш қандай кеўил қалыспа болмады (Қ.Ирманов).
Кеўилхошлық — мәслик, шадлық.
Көпшилик ўақтың шикарда, той менен кеўилхошлықта өткереди (Т.Қайыпбергенов).
Кеўлин хошлаў — шадланыў, кеўиллениў.
Қапа кеўлин хошласын, Арадан 6 ай өткенде, 40 күн тойды басласын («Алпамыс»).
Кеўлин алыў — жубатыў, алдастырыў.
... кемпир келген қудаларының кеўлин алып, олар менен көп ўақ сөйлесип отырды (Қ.Султанов).
ЫЗАЛЫ КЕЎИЛ р. Ашыўлы, кекли.
Оның ызалы кеўлин баласын арқалап келген Назлының ыңылдаған даўысы бөлип жиберди (Қ.Султанов).
КЕЎИЛ СОРАЎ р. Аўырыўдың жағдайын келип көриў, ҳалын билиў.
Биреў оның ҳал-жайын билиўге келсе, биреў мениң кеўлимли сорап келеди (Ө.Хожаниязов).
КЕЎЛИ ТОЛЫЎ р. Қанаатланыў, кеўли питиў.
Ақыллы, сақый, кең пейил, Көргенниң кеўли толғандай («Қырқ қыз»).
КЕЎИЛДИҢ СЕРГЕКЛЕНИЎИ р. Кеўилли жүриў, йошланыў, шадланыў.
Қуў молладан қутылғаныма кеўлим сергекленейин деди (Ж.Аймурзаев).
КЕЎИЛ СҮЙИЎ р. Жақсы көриў, қәлеў.
Түрғандай көринеди бултқа тийип, Қарайды көрингенлер кеўил сүйип (А.Дабылов).
КЕЎИЛИ СОҚПАЎ р. Сүймеў, қәлемеў, жақғырмаў.
... қапталындағы қаялдың мың түрли назына бир мәртебе де кеўли соқпады (Қ.Султанов).
КЕЎИЛ КИРИ р. Жаман, патас, нас.
Ҳеш жоқ екен кеўлиқде кир дәреги, Оқыў екен толы журттың кереги (И.Юсупов).
КЕЎИЛ ДӘРТИ р. Әрманы, муңы, күйи