КАССА
Қарақалпақша
ат. 1. Ақша, бақалы қағазларды сақлаўға арналған сандық шкаф, темир ящик ямаса белгили бир мәкемениң ақшалай алыс-берис жасайтуғын жайы.
Аманат кассасы.
Театр кассасы.
Ҳәзир Ақшагүлдиң айлығын ҳәм бир айлық материалдық жәрдем ақшасын есаплап кассаға өткериң (М.Нызанов).
2. Мәкемениң нақ ақшасы.
Кассаны тексериў.... фермада жас маллар сатып алып қосыў ушын колхоз кассасынан елиў мың манат пул алған (А.Бекимбетов).
3. Билет сатып алатуғын орын, касса.
Бизлер барьш кассадан билет алдық (Н.Дәўқараев).
4. Баспаханада ҳәриплерди айырып, салып қоятуғын орын, уя, ящик.
Кассалардан ҳәрип терип, Тахталарға қалайды (Ж.Аймурзаев).