⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КАРНИЗ

Қарақалпақша

ат. 1. Жайдың пәрдийўалының ямаса печьтиң үстинен сыртқарырақ шығарып өрилген ернеги. ... жолдың бойында карнизли ақ жайға Нуржан қарады (Х.Сейтов). Печьке карнизде қойылған (Т.Қайыпбергенов). 2. Перде илдирип қойыў ушын айна менен есиктиң жоқарғы жағына қағылатуғын ағаштан ямаса металлдан исленген кесе таяқша. Айнаның карнизине нағышлы перде илдирилди («Жеткиншек» г.).