⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КАПРОН

Қарақалпақша

ат. Жасалмалы химиялық жол менен алынатуғын талшық, жип ҳәм соннан тоқылған гезлеме. Нурымбет ойланаман дегенше, колхоз баслығы «капрон» деген аў шықты, бүгиннен баслап соны саласызлар, — деп гүрринди кесип таслады (Ө.Айжанов). Буннан капрон, нитрон, жасалма жүн талшықлары алынады (Ө.Бердимуратов). 0 Капрон қалқы — аўдын қайсы жерге салынғанлығын билиў ушын оған байланатуғын кишкене ағашлар. Оның материалы, тийкарынан, капроннан болатуғынлыктан усылай аталған. Суўдың бетинде қалқып жүреди. Балықшылар оны «өкпе калқы», «қалқы» деп те атай береди (Мр. , ҚТДМ. 36).