⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КАНАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Дәрьядан кишилеў, ишинен суў ағатуғын қазылып иеленген үлкен жап. Волга-Дон каналы. Қызкеткен каналы. Дослық каналы еки ернегине асылып, тағы өрге қарай жүзеди (Ж.Аймурзаев). Қарақалпақлар каналлар қазды (Н.Дәўқараев). 2. тех. Хәр түрли бағдарламаны көрсететуғын телевизиялық ҳәм басқа да байланыс линиясы. Мәселен, ол түсирген «Калпачок» атлы қысқа метражлы көркем фильм Қарақалпақстан каналында удайына көрсетилип турыпты (М.Нызанов). 3. Белгили бир мақсетге жетиў ушын қолланылатуғын усыл, әдис. Мәмлекет басшылары бир-бири менен дийдарласып белгили бир мәселе жөнинде өз ара пикир алысыў ушын дипломатиялық каналлардан пайдаланады.