КАМПАНИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Биреўге қарсы ямаса бир жаўға қарсы қаратылған урыс, атланыс.
Киятырған душпанға қарсы кампания шөлкемлестирилди (Қ.Ирманов).
2. Белгили бир сиясий жәмийетлик ямаса халық хожалығында әҳмийетли илажларды жүрғизиўге арналған мәҳәл, мезгил, ўақыт.
Сайлаў кампаниясы.
Пахта терим кампаниясы.
Егис кампаниясы.
3. Флоттың жүзиў ямаса белгили бир әскерий операциясын өткериў дәўири.
4. Белгили бир өндирислик проңесстиң үзликсиз даўам етиў ўақыты.