К
Қарақалпақша
1. Қарақалпақ әлипбесиниң он төртинши ҳәриби ҳәм сол ҳәриптиң жазылыў (графикалық) таңбасы.
К, к ҳәриплери сөздиң басында, ортасында ҳәм соңында да жазыла береди.
2. Тилдиң ортасы таңлайдың ортасына тийиў, жабысыў арқалы жасалатуғын үнсиз даўыссыз сес — фонема.
Олар үнли-үнсиз болып жубайласып жүреди: п—б, т—д, ф—в, к—г, қ—ғ, (кк.т.с.).
0 К витамини — жоңышқада, капустада, геширде, асқабақта болады.
К витамини клеткадағы зат алмасыў процесcлерине әхмийети жүдә зор (Адам анатомиясы).