ЙОШ
Қарақалпақша
ат. Илҳам, жигер, ғайрат, талўас, ықлас.
Сениң дийдарың көз алдымда белиме ғайрат, кеўлиме йош береди (С.Хожаниязов).
Кеўлимниң ҳеш бир хошы, жигитлердиң келер йошы (Бердақ).
0 Йош атланыў — жигерлениў, кеўил көтерилиў.
Йош атланса, ақыл менен бас толар, қолы келип Әмиў киби тасты олар (Т.Сейтжанов).