ИШКИ
Қарақалпақша
кел. Иш беттеги, төр бөлме.
Қонақты дәлизден өткирип ишки бөлмеге киргизди (Т.Қайыпбергенов).
0 Ишки ой — дийдиленген мақсети, сақтаўлы пикири.
Мен баланың ишки ойына дәрхал түсинип ғыппа усладым (А.Бекимбетов).
Ишки сыр — басқаға айтыла бермейтин ойы, қыялы, планы.
Достыма ишки сырымды, болған ўақияны айтпадым (А.Бекимбетов).