ИРЕЎ I
Қарақалпақша
ф. 1. Ысырыў, ийтериў.
Қар астынан көринген суўсақ қарды иреп ашқаннан кейин Надежда қорқынышлы жүрегин басып оның қасына барды (Ж.Аймурзаев).
2. Малдың етин териден шығарғанда мушлап ийтерип терини еттен ажыратыў, муш пенен етти сүриў.
Сойылған қойдың етин терисинен тез шығарыў ушын ең алды менен пышақ пенен етти териден бөледи де оннан кейин муш пенен ирейди.