ИНСТИТУТ
Қарақалпақша
ат. 1. Жасларға билим ҳәм тәрбия беретуғын жоқары оқыў орнының аты.
Мектебимди питкерип институтқа бараман (Ж.Аймурзаев).
2. Илим менен шуғылланатуғын ҳәм изертлейтуғын мәкемениң аты.
Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақ экономика ҳәм мәденият институты (Қ.Айымбетов).
3. Революцияға шекемги Россиядағы дворян қызлары жатып оқыйтуғын жабық түрдеги орта дәрежели оқыў орны.
4. Жәмийетлик турмыстың белгили бир тараўында қолланылатын ҳуқық нормалары ҳәм жәмийетлик дүзилис түрлери.