ИМКАНИЯТ
Қарақалпақша
ат. Мүмкиншилик, аўҳал, жағдай.
Қараңғы түсип қалғанлықтан үй тигиўдиң имканияты жоқ еди (Ш.Сейтов).
Екеўимиздиң сөзимизди сырттан келген адам еситиўине имканият жоқ еди (Т.Қайыпбергенов).
Солай етип, бул имканияттан да куры қалып, сүйретилип есиктен шықтым (М.Нызанов).
Ханның ойы саркьит жегизиўден аўлақ, Ырыскул бийди өзиниң кеш шақыртқанын бүркеў ушын имканият излеў еди (Т.Қайыпбергенов).
— Ендиги имканият бай менен куда боласаң (К.Султанов).