ИЛЛЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Кесел, наўқас, аўырыў, бийтап, сырқаў.
Иллет болған сыйырдай, Жатыр жигит қылтайып (А.Бегимов).
2. Ҳәкис, зыян, кесент.
Жарлыға табылар иллет, Етиппен үйрекке зийнет (Бердақ).
Еғинлериңизде иллет, мал-жаныңызда өлим-житим жоқ па? (Т.Қайыпбергенов).
0 Иллет табыў — ҳәкислениў, бузылыў.
Машина иллет тапып батпаққа батты.
Капотты ашып хәр жер-хәр жерин шүқдап көрдим.
Лекин, қөйерден иллет тапып турғанын анықлай алмадым (М.Нызанов).