ИЛИК
Қарақалпақша
р. 1. Бекитиўли, жабық, илиўли, қулыплы, қаўсырыўлы.
Есиги иштен илик екен (А.Бекимбетов).
Хан сарайының барлық дәрўазасы илик еди (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Илик табыў — иркиниш, кесент, себеп болыў.
Айтмурат оқыўға кетейин деп жүргенде аяғы сынып илик тапты.
Шылт жаңа машинадан билқастан илик табыўға хүжданым жол қоймады (М.Нызанов).