ИЛДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Асып қойыў, қыстырыў.
Найзаға илдирип ийнине салды («Мәспатша»).
2. аўыс. Кийиў, жамылыў.
Қылтылдаған үш жас жигит, бар жаңа кийимин үстине илдирген (К.Султанов).
3. аўыс. Услатыў, алдырыў.
Ағалар, бир қус қашырдым, Ҳаўадан сүйлин илдирдим (Әжинияз).
Аяғынан илдирмеди, Душпанына сыр бермеди (Бердақ).
4. аўыс. Қосыў.
Усы Жийемурат жаман болды, бай беллардың, қатарына илдирип жиберди (Қ.Ирманов).
5. аўыс. Дуўшар қылыў, гириптар қылыў.
Нәлетий Гитлер қаншама адамларды сарсаңкесек қылып, апаттылықтың, дузағына илдирди-аў (Т.Қайыпбергенов).
Ережеп мылтығын оқлады да, ийнине илдирип, үйден қәҳәрли шықты (К.Султанов).
Табысларын теппе-тең бөлисип, ҳәр ким пайын ашалы жыңғыл жормалларға илдирип қайтты (Т.Қайыпбергенов).