⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛГЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Сәдеп, еки бөлек затты бир-бирине қыстырыў ушын иеленген илмешек. Саўытымды бир илгектен шешемен, Қартайғанда шийрин жаннан кешемен («Алпамыс»). Саўытымды кийе алмай, Илгегимни иле алмай, Ат қуйрығын түйе алмай, Қашып киятырман («Мәспатша»). 2. Еки нәрсени бир-бирине тутастырыў ушын темир сымнан иеленген зат, илгеншек, илмешек.