⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛАҲИЙДА

Қарақалпақша

р.гөн.с. 1. Тәғдирде, жазылғанында, қуданың әмири менен. Илаҳийда Баршын қыз пешенемде бар болса, бир нәрсе себеп болар («Алпамыс»). 2. Тосаттан, ғайыптан, Алланың әмири менен. Илаҳийдан келген батыр («Мәспатша»). 3. Артықмаш, зыят, бирден-бир. Ханымыз илаҳийда кең пейил шарапатлы адам (Т.Қайыпбергенов). Аспаны-зәмийиннен дүрлер шашылып, Илаҳийда ығбал, бахтым ашылып (ққ.поэз.ант.). Әдиўли адамлар, орыс патшасының қаласындай илаҳийда сулыў, гөззал қала көрмедим (Т.Қайыпбергенов). Анасы да ғәрип ҳал, илаҳийда жақсы адам (Т.Қайыпбергенов).