ИЙТЕРМЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ийтергишлеў, жылжытыў, ысырыў, ийтериў.
Қойларды қораның шетине ийтермелеп кирғизди («Әмиўдәрья» ж.).
Уйқыдан жаңа турған адамды алдына салып ийтермелеп куўа берди (М.Абдреймов).
2. Қозғастырыў, бир нәрсени исләўге себепши болыў, жәрдемлесиў.
Дослық сыяқлы, жақсы жаманлыққа, жақсылыққа ийтермелейди.
Оның үстине биздей сорлыларға меҳрибан жас бийди өлимге ийтермелеўге қақым жоқ (Т.Қайыпбергенов).
Ешейинде батыстан есетин самал, усы күни шығысқа айланып, Маманлардың аркасынан ийтермелеп узатысты (Т.Қайыпбергенов).
Урлыққа ийтермелейтин сол адамлардың өзлери... — деди Кеўлимжай (Т.Қайыпбергенов).