⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙРИМ

Қарақалпақша

ат. Суўдың дөңгеленип, айланып ағатын жери. Ана ийримниң сирә түби жоқ (А.Бекимбетов). 0 Ийрим тартыў — айланып, дөңгеленип турыў. Бурқасынлап ийрим тартып зымырап, Пәмирден Аралға жүйриктей ҳағлар (Ж.Аймурзаев). Ой ийрими — қатты ойланыў. Ой ийрими тереңге тартып, Туңғыйыкка сүйрейди (Н.Бөрекешов). Әмиўдин басқа салаларындай ийрими порықты үйирген бул да тентек дәрья (К.Султанов). Бийшара келиншек жүзиўди билмейди екен, қайнаўытлы ийримнен кайтып шығалмады (Т.Қайыпбергенов). Мени қайнаўытлаған ийрим тартып баратыр (М.Нызанов).