⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙРЕТИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. Шыйратылыў, буратылыў, шубатылыў. Тезге салмаған уўықтай, Ийретилген неме екенсең (Әтеш). Жайлардың морыларынан шыққан буўдақ-буўдақ түтин де ийретилип жоқары көтерилмекте (Т.Қайыпбергенов). Хан палўаны жерде ийретилип, орнынан тура алмай жатыр (К.Султанов). Өткен өмир жолын еслегиси келмейтуғын Амандықтың бүгинге шекемғи өмири бирме-бир көз алдынан өтип, иши-баўырына пышақ түйрелгендей ийретилип жатты (Т.Қайыпбергенов).