ИЙНЕЛИК II
Қарақалпақша
ат. Аў тоқыўшылардың жип орайтуғын қуралы, заты.
Ийнеликти тез толтырыў әм көп жип ораў ушын оған да шеберлик, шаққанлық керек (К.Султанов).
0 Ийнелик салыў — ийнеликке жип орап тайынлап қойыў.
Сонлықтан, аў тоқыўшылар қандай бәсекиге түссе ийнелик салыўшылар да бир-биринен мәртебесин бәлент көрсетиў ушын жарысып ықлас пенен ислейди (К.Султанов).
Төмен қарап, ағаш ийнеликке жип орап отырған кемпир басын көтерип, ғаррыны минеп сөйледи (К.Султанов).