ИЙМАНЛЫ
Қарақалпақша
кел.дин. 1. Қыйыр-сақдўатлы, қудайға ҳақ нийет пенен қуллық етиўши.
Жақсы адам ийманлы адам дести.
Еки ашықты себеп болып сен қоссаң, зәрребағыш, сен ийманлы боларсаң («Мәспатша»).
2. Исенимли, хүжданлы, таза, қадал, дурыс, ар-уяты күш ли, пәк.
Ўәдеге опа қылыўда ийманлылықтың бир белгисине жатады.
Кириўге бата алмай жүр едим, шырағым! — деди ҳаплығып келип, — Ийманлы болғайсаң, мына ешки меники еди (К.Султанов).
Ийманлы болғайсаң, иләйа! Мың жаса, ене! Аты ылақ демесең, серке болып тур (К.Султанов).
Бул дүньядағы ең аўыр мусаллаттан биротала қутылғанына ырза кейипте жатыр, абайлайсаң ба, жүзи жадырап жатыр... Ийманлы кемпир (Т.Қайыпбергенов).