ИЙМАМ
Қарақалпақша
ат.ар.дин. 1. Мусылманлардың диний басшысы.
2. Мешит-қәўимде бир бөлек халыққа моллашылық етиўши, намаз оқыўға басшылық етиўши.
Қазының сөзлерин бәрҳа мақуллап, не бир жолдан шыққан иймам да болар (Әтеш).
0 Иймам-молла — бир бөлек аўылдың өлисине, ҳайтнамазына, ийисине қуран оқыйтуғын әм мешитте балаларын, қызларын оқытатуғын диний саўаты бар адам.
Азан айтайын деп майданға шыққан иймам-молла көрип қасларына келди (С.Мәжитов).