⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Унға дуз салып, суў ямаса сүт қосып қамыр ислеў. Кешқурын гүртикке қамыр ийлеўге жәрдемлести (Т.Қайыпбергенов). 2. Топыраққа кум, әк, сабан т.б. нәрселер араластырып суў менен қосып әр түрли ылай ислеў. Кумды ийлесең нан болмас (ққ.х.н.м.). 3. Терини жумсартыў ушын қатық, айран әм тағы басқа да ашытқыларды жағыў. Жақсы қатын ийлесе, Гүдары етер терини, Султан етер ерини, Жаман қатын ийлесе, Ғағырлақ етер терини, Қарызлар етер ерини (ққ.х.н.м.). 4. аўыс. Езиў, женшиў. Бундай заман қурысын залым бийлеген, мийнеткешти қамыр киби ийлеген (Қ.Ирманов). Арза еткен халықты қамшыдан ийлер, Қасқырдай шабынып турған яранлар (С.Нурымбетов). Бағдагүл жылдам қамыр ийлеп, жол азыққа нан қатырды (Т.Қайыпбергенов). Бала жаман емес, топырағы мениң ылайымнан ийленген көринеди (М.Нызанов). Ылайдың ишинде жумбаршактанған түйин қалмаўы, тап қойыў етип писирилген манная кашадай болып ийлениўи шәрт (М.Нызанов).