ИЙИС II
Қарақалпақша
ат. гөн.с. Диний байрам ямаса өткен үрим-путақлардың хәм мархумлардың хүрметине майға писирилетуғын тағам (баўырсақ, шелпек т.б.).
Адамлар ораза тутып баслаў күнин бир-бирине билдириў ушын шелпек писирип ийис шығарған.
Булар ийис күни мазарға барады.
Ийис шығарыў — майға баўырсақ, ямаса шелпек писириў.
Кеше ийис шығарайын деп қарасам, үйде бир шылым ун қалмапты (М.Нызанов).