⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИС I

Қарақалпақша

ат. Ийис сезиў орғанлары аркалы қабыл етилген затлардың қәсийети. Гүллердиң ийиси тәсир етти. Жаздың жағымлы жели жупар ийисти саўға қылғандай кеўлине йош береди (Ж.Аймурзаев). Үш күннен бери ескен қара жел бүгин ақшам сәл басылыңқыраған еди. Бирақ, қәпелимде, теңиз беттен желдиң ийиси сезилди (К.Султанов). Нан ийисин сезип куўжынласып қоя берди (Т.Қайыпбергенов). Асхана беттен демлеўи жетилисип киятырған палаўдьщ ийиси танаўынды қытықлап баратыр (М.Нызанов).