⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИНЛЕСИЎ

Қарақалпақша

ф. Қатарласыў, қатарласып жүриў. Турды үнсиз ийинлесип, Гестапоньщ пәнжесинде (И.Юсупов). Ашыўым келип Маратқа жақын ийинлесиңкиреп турдым (Т.Қайыпбергенов). Узатып салыўшылардын шоғы бузылған мәҳәлде, бир түптен көгерген қос шынардай бир-бирине ийинлесип узаққа көз жиберген қос ана менен хошластым (Т.Қайыпбергенов).