⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИНЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Ийин менен ийтериў, ысырыў. Балаларым, қәйтсе де аўырлықты ийинлең (К.Султанов). Шын патриот мәртлик тийкары соннан, Шыдады, көтерди ийинлеп қолдан (Ә.Шамуратов). Кемпирди ийинлеп турған жас келиншек изине — жаңағы жигитке жақтырмай бир қарап қойды (М.Нызанов).