ИЙИН
Қарақалпақша
ат. Қолдың кебзеден шыққан жери, жоқарғы бөлими, адам мойнының еки қапталындағы мүшеси.
Еки ийни какпақгай, Шамурат гүмпейин ийнине салып сыртқа шықты (Қ.Досанов).
Ийни келиў — қолайы келиў, пайыты келиў, истиң рети келиў.
Ийни келип турыпты, Мен тилимди тартпайын («Мәспатша»).
Жан ийнине от түсиў — қыйналыў, жаны шығыў, асығыў.
Ҳәмме жерде жан ийнине от түсип ислеп атырған адамлар (Қ.Ирманов).
Еки ийнинен дем алыў — қыйналып дем алыў, аўыр дем алыў.
Шерип еки ийнинен дем алып, аўырыўдың ҳазарына шыдай алмай жатырған еди (Қ.Ирманов).
Маман менен Аманлық еменге байланған, ийин тиресип турыпты (Т.Қайыпбергенов).
Ийин қыймылдатпай туғын бул жүрмелдиң үстинде Ырысқул бийди және ой басты (Т.Қайыпбергенов).