⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Майысыў, бүгили кайысыў. Жас таллар ийилип жерге тийеди (кқ.х.қ.). Салы басын көтере алмай ийилип қалды (Т.Сафиев). 2. Енкейиў, сыйлаў, ҳүрметлеў, иззетлеў. Ҳәсен ханның алдында ийилип сәлем береди («Ер Зийўар»). Бийдай атыз шетинде сынық шыбықтай ийилип, еки қолы көксинде, сәлем берген Сабыр сыйпаң екен (Т.Қайыпбергенов). Маман бий еплеп тикейип, отырғанларға қайта-қайта ийилип тәжим етти (Т.Қайыпбергенов). Еки-үш жаслар шамасындағы ер бала мениң ийилип қол созғанымнан қорқып, анасының артына тығылды (М.Нызанов).