⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИК

Қарақалпақша

ат. гөн.с. Қақ жыңғылдан еки ушлы етип, шарыкқа орнатып жип ийириў ушын исленғен әсбап. Шарық ийирип жиплер салдым ийикке, Яр келер деп жуўырып шықтым бийикке («Алпамыс»). Курт жеген ағаштан болмайды ийик (К.Султанов). Бәҳәр болса, қаймақласкан муз астынан ушлары ийиктей сүйриклерди таўып аламыз (Т.Қайыпбергенов).