⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙЕЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Хожа болыў, өзине қараслы етиў, ийелик етиў, ийе болыў. Билимди ийелэў, сол билимге жетиў ушын оқыў керек (Ж.Аймурзаев). Усы өткелди баспашылардан бурын ийелеў ушын мылтықлы жас жиғит сол жаққа қарай кустай ушады (Ж.Аймурзаев). Олар — байлар. Гедейлер дүнья жүзин ийелейди деп қорқады (К.Султанов). Сынық қазанның бир мүйешиндей жерди ийелеп алып, кәрўан жолдын лийкини жеткенге жәнжағымыз таў демең, жәнжағыңыз кум (Т.Қайыпбергенов).