ИЙБЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. Тартыныў, қысыныў, уялыў, сескениў.
Қыз ийбенип төмен қарады (ҚАралбаев).
Бендеден ийбенбестен басын тик услап, айыбы жоқ адамдай алш аңдап келе берди (К.Смамутов).
Көйлегиниң етегин белине қайырып, таң ертеңнен қаралай өшип жүрген ҳаяллар бийден ийбенип, гәси кереге, гәси уўыққа асылып, зыр жуўырады (К.Султанов).
— Атың ким, қарындас? — деп сорады Аманлық қызға қайрылып.
Қыз аз ғана ийбенип турды да: — Ақбийдай, — деди (Т.Қайыпбергенов).