ИЗЕРТЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Излеў, тексериў, бир нәрсени орынлаў ушын ислеў, табыў ушын жумыс ислетиў.
Изертлеў жумыслары еле даўам етиледи (Қ.Айымбетов).
Бақалы дөретпеси сыпатында кең планда изертлеў объектине айланды (Қ.Мақсетов).
Олар жөниндеги илимий изертлеў жумыслары 1938-жылдан баслап қолға алынды (Қ.Айымбетов).
Усы китаплардың авторы тәрепинен изертленилип келинди (Е.Бердимуратов).
— Усы қыз илимий жумысы бойынша еки ай даўамында бизиң республикамызда изертлеў жумысын жүргизеди (М.Нызанов).