ИЗБЕИЗ
Қарақалпақша
р. Изли-изинен, бириниң кейнинен бири.
Оларды қалай ашқанын, қалай тапқанын избе-из ядына түсирди (А.Бекимбетов).
Сара болса етегиндеги жиплерди избе-из уластырып жибере берди (С.Айний).
Көп жүрмей, ҳәр жерден есигиниң алдында емески жақты шығып турған үйлер избе-из кезлесе баслады (М.Нызанов).
Женя қапыны әлле қандай намағаўқсатып, избе-из үш мәрте шертти (М.Нызанов).
Балалар әкесиниң алыс-жақын ағайинлерин, қәдирдан досларын избе-из ҳәзир етти (М.Нызанов).