⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИБАРАТ

Қарақалпақша

ф. Қуралған, жасалған, турады. Газетаның бети алты колонкадан ибарат (Т.Сафиев). Бизиң класс 35 оқыўшыдан ибарат. Усы жағдайлар қыялды шарықлатып, келешек тек жақсылықлардан, бир-биреўге дослық мүриўбетлерден, бирликтен ибарат екенлигине исенип, қуўанасан (Т.Қайыпбергенов). Бийбизада кемпирдиң жайы еки бөлме, бир дәлизден ибарат, бизлер усап, еки жан турады екен (Т.Қайыпбергенов). Бул дүньяның өзи ырас пенен жалғаннан, қуўаныш пенен қайғыдан ибарат болса керек (М.Нызанов).