⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗӘРРЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳүрей, қорқыныш, рух. Қалмады деп бурын зәррем. Ҳүкиметтен алып жәрдем (қ.әд.). Көзи түсип бабаның, Зәрре жаны қалмады, Қашарға тесик болмады («Мәспатша»). 2. аўыс. Сәл-пәл, азы-кем, кишигирим, тегераң. Крокодилден зәрре үлкен, бир мақлуқ бар гүмгүм деген (И.Юсупов). Қыз ойланған пишим билдирип зәрре үндемей қалды (Г.Изимбетов). 0 Зәрреси ушу — қорқу, сескену, үрику. Оразбай менен Өмирбектиң зәрреси ушып жетип келди (А.Бекимбетов).