ЗИЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Аўырлық, салмақ.
Есик алдындағы қара тақтай зил көтерем екен (А.Әлиев).
2. аўыс. Аўырманшылық, қыйыншылық, мийнет, зыян, зөлел, уўайым, қайғы.
Ҳәр адымын атлағанда аяқларына зил қара тас байлап қойғандай болды (Н.Дәўқараев).
Тамырына зил кирген он алты улын, Өлтирмей оқытып шығарған тилин (А.Дабылов).
3. аўыс. Кек, ыза, ашыў.
Оның сөзи сырттан қарағанда тәп-тәўир болған менен мазмунында жасырын зил жатыр.