⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗАҚҚЫ

Қарақалпақша

р. 1. Бир нәрседен қайт болыў, бийзар болыў. Тентек мураптың талай таяғын жеп, заққы болғанлар қарсыласыўға жүрек ете алмай, төбесин көриўден зып берди (К.Султанов). 2. аўыс. Сокқы, дәкки. Анаў жатқан Палым лаққы, Халықларда бар ма хаққы, Берер едим оған заққы, Ҳал-дәрманды қуртты салық (Бердақ).